Закаливание водой. Organizmdi suw menen shnqtrw
Скачать 27.08 Kb.
|
Organizmdi suw menen shınıqtırıw Suw ѳzinin’ joqarı da’rejede temperaturanı ѳtkeriwshen’ligi arqalı h’awa vannasına qarag’anda ku’shli termikalıq qozıwdı payda etedi. Eger h’awanın’ temperaturası 24°C bolg’anda insan ѳzin jaqsı sezinse, al suwda h’a’m tınısh jag’dayında salqın sezinedi. Suwdag’ı temperatura 32-35°S qa shekem qızdırılg’anda organizmde aldıng’ı ıssılıq seziniw kѳrsetikishleri tiklenedi. Temperatura faktorları tiykarınan suwdın’ insan denesine sırttan ta’sir etiwi arqalı ju’zege keledi. Biraq sonın’ menen birge, suw, a’sirese h’a’reket etiwde, ju’ziwde, joqarı basımlı dush qabıl etkende organizmge h’a’m toqımalarg’a mexanikalıq ta’sir kѳrsetedi. Bul ѳz gezeginde organizmge massaj retinde ta’sir kѳrsetip, onda limfa h’a’m qan aylanıw protsesin jaqsılaydı. Suwdın’ ximiyalıq quramı da u’lken a’h’miyetke iye bolıp, mısalı, ten’iz suwları, mineral vannalar. Shınıqtırıw protseduralarında 16-24°C temperaturadag’ı salqın h’a’m 16°C tan tѳmen suwıq suw qollanıladı. Denege termikalıq ta’sirinin’ ѳzine ta’n qa’siyetlerinen kelip shıqqan h’alda, suw protseduraları h’awa vannalarına qarag’anda kѳbirek energetikalıq shınıqtırıw usıllardan biri bolıp esaplanadı. Salqın h’a’m suwıq suw menen sistemalı tu’rde deneni shınıqtırıw arqalı, temperaturanın’ keskin tѳmenlewi, ku’shli suwıq h’awanın’ ta’siri h’a’m organizmnin’ basqa da ta’sirlerge qarsı turaqlı profilaktika wazıypasın atqaradı. Hawa vananaları kibi, insan denesi suwıq suwdın’ qozdırıwshı ta’sirlerine tek g’ana ma’h’a’lliy emes, ba’lkim ulıwma aktiv reaktsiya ta’rizinde juwap qaytaradı. Teridegi nerv ushları arqalı termikalıq qozıw ba’rshe a’h’miyetli fiziologiyalıq funktsiyalarg’a, birinshi gezekte, qan aylanıw, nerv-bulshıq et apparatı tonusına h’a’m toqımalardın’ dem alıwına ta’sir etedi. Organizmdi suw menen shınıqtırıw protseduraları ushın en’ qolaylı waqıt azang’ı waqıt bolıp, azandene shınıqtırıwdan son’ yaki uyqıdan turg’annan son’ terini tegis qızdırıwshı, a’sirese, qan-tamırlardag’ı reaktsiyalardın’ tezlesiwi u’lken a’h’miyetke iye. Bunan tısqarı, azang’ı suw menen shınıqtırıw protseduraları organizmnin’ aktiv jag’dayg’a ѳtiwine, tetiklesiwi h’a’m keypiyattın’ kѳteriliwine kѳmeklesedi. Uyqıdan aldın suwıq suw menen shınıqtırıwshı is-ilajlar usınıs etilmeydi, sebebi organizmde nerv sistemasının’ qozıwına h’a’m uyqının’ buzılıwına alıp keledi. Shınıqtırıw ta’sirin belgilep beriwshi tiykarg’ı faktor – bul onın ta’sir etiw mu’ddeti emes, ba’lkim qozdırıw intensivligi bolıp tabıladı. Bunda a’sirese, suwıq penen shınıqtırıwshı protseduralar qısqa bolıwı tiyis: qanshelli shınıqtırıw is-ilajları qısqa bolsa, suwdın’ temperaturası da sonshsheli tѳmen bolıwı tiyis. Bunday jag’dayda, qorshag’an ortalıq temperaturası da u’lken a’h’miyetke iye. Da’slep, suw menen shınıqtırıwshı protseduralar h’awa temperaturası 17-20°C ta, al son’ınan onnan da tѳmenirek temperaturada a’melge asırıladı. Денени суў менен шынықтырыўда териниң жақсы реакциясына ерисиў зәрур. Егер реакциялар тѳмен болса, денени ысқалаў яки актив ҳәрекетлер ислениўи тийис. Суў процедураларынан соң физикалық шынығыўлар ҳәм ҳәрекетлерди ислеў, әсиресе, денени сезилерли дәрежеде суўытыўда айрықша әҳмийетке ийе. Ҳәр қандай суў менен шынықтырыўшы ис-илажлардан соң, денени жақсылап сүртиў ҳәм қурытыў керек. Суў менен шынықтырыўшы процедураларға; сүртиниў, үстинен суў қуйыў, душ қабыл етиў ҳәм шомылыў киреди. Олар салқын суў менен басланып, әсте-ақырын суўық суўға алмастырылып барылыўы тийис. Ысқалаў. Бул ығалланған жумсақ губка яки сүлги жәрдеминде әмелге асырылатуғын жеңил суў процедураларының бири болып есапланады. Дәслеп денениң жоқарғы бѳлими (қол, мойын, кѳкирек, арқа) ығал сүлги жәрдеминде ысқаланады ҳәм қурғақ сүлги менен дене қызарғанша ысқалаланады. Соңынан денениң тѳменги бѳлими (қарын, бел, аяқлар) геўдениң жоқарғы бѳлими сыяқлы ысқалаланады. Денени ысқалаў процесси нормада 4-5 минут даўам етиўи тийис. Суў қуйыў. Бул организмге және де күшлирек тәсир етиўши суў менен шынықтырыўшы процедуралардың бири болып табылады. Денениң үстинен суў қуйылғанда суў ағымының жеңил басымы суўық тәсирине қосылып, организмнде қозыў процессин күшейтеди. Геўдениң үстинен суўық суў қуйыў арқалы теридеги қан тамырларда энергетикалық сазманы жүзеге келтиреди ҳәм денени тез босастырады, нерв-булшық ет аппараты тонусын асырады, жумыс итскерликти ҳәм тетикликти асырады. Суў қуйыў процедуралары нерв системасының қозғалыўшаңлығы жоқары болған адамларға усыныс етилмейди, себеби ол организмде жаңа күшли қозыдырыўды пайда етиўи мүмкин. Суў қуйыў процесси усыллары ҳәр қандай ыдыслар жәрдеминде яки водопроводқа жалғанған шланга арқалы әмелге асырылады. Суў қуйыў процедурасы суўдың температурасы 30°C тан басланып, әсте-ақырын 15°C ҳәм оннан да тѳмен температурада әмелге асырылады. Суў қуйыў ис-илажларының даўам етиў ўақты 3-4 минуттан аспаўы тийис. Dush. Шынықтырыўшы процедуралардың ең күшли тәсир етиўши усылларының бири суўық суўлы душ қабыл етиў болып есапланады. Душ арқалы суў ағымыны механикалық қоздырыўшы қәсийети үлкен әҳмийетке ийе. Душ қабыл етиў нәтийжесинде организмде қысқа ўақыт аралығында алдыңғы усылларға қарағанда анағурлым дәрежеде жеке ҳәм улыўма реакцияларды келтирип шыды. Душ қабыл етиўде суўдың температурасы дәслеп 30-320C болыўы, қабыл етиў мүддети 1 минуттан аспаўы тийис. Соңынан суўдың температурасы әсте-ақырын тѳменлетиледи: ҳәр 3-4 күнде орташа 10°C қа, процедура даўамыйлығы 2 минутқа асырылады. Турақлы түрде душ қабыл етиў, сондай-ақ, басқа да шынықтырыўшы ис-илажлар организмде қайта тиклениў, ѳзин тетик сезиў, иштейдиң ашылыўы, жумыс искерлигиниң артыўы ҳәм таға басқаларды унамлы тәсир етиўи тийис. Егерде адамда ҳәдден тысқары бийтақатланыў, уйқысызлық жағдайларының пайда болыўы процедуралардың дурыс әмелге асырылмағанлығынан дерек береди. Шомылыў. Шомылыў әсиресе, ашық суў ҳәўизлеринде шомылыў шынықтырыўдың ең әҳмийетли усылларының бири болып есапланады. Шомылыў арқалы суўық суўдың организмге термикалық тәсири, соның менен бир ўақытта ашық суў бассейнлеринде шомылғанда денеге ҳаўаның ҳәм тик түскен қуяштың тәсири ҳәм де физикалық шынығыўларды (жүзиў) әмелге асырыў жүдә пайдалы болып табылады. Купание начинают при температуре воды не ниже 18-200С. Заканчивают сезон при 12-13°С и воздуха 14-150С. Лучшее время для купания-утренние и вечерние часы. Нельзя плавать сразу после еды, так как в этом случае нарушается пищеварение и затрудняются дыхание и кровообращение. Нужен перерыв 1-2ч. Купание натощак должно быть кратковременным. |